“Өзбекстан – 2030” стратегиясын 2024- жылы әмелге  асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама тастыйықланды

“Өзбекстан – 2030” стратегиясын “Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы”нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында”ғы Президент Пәрманы (ПФ-37-сон, 21.02.2024 й.) қабыл етилди.

Пәрман менен , кең жәмәәтшилик пенен додалаўларда билдирилген усыныслар тийкарында ислеп шығылған “Өзбекстан – 2030” стратегиясын “Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы”нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде төмендегилер тастыйықланды:

*2024- жылға мөлшерленген бағдарлар кесиминдеги әмелий илажлар режеси;2024 -жылда бағдарлар кесиминде ислеп шығылатуғын  норматив-ҳуқықый ҳужжетлер жойбарлары дизими.

*Әмелий илажлар режеси 5 бағдар ҳәм жәми 100  мақсеттен ибарат:

*Ҳәр бир инсанға өз қәбилетин жүзеге шығарыў ушын ылайықлы шараятларды жаратыў;

*Турақлы экономикалық өсиў  арқалы халықтың абаданлығын тәмийнлеў;

*Суў ресурсларын үнемлеў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў;

*Нызам үстинлигин тәмийнлеў, халық хызметиндеги мәмлекет басқарыўын шөлкемлестириў;

*“Қәўипсиз ҳәм тынышлықсүйер мәмлекет”принциплерине тийкарланған  сиясатты избе-из даўам еттириў.

Skip to content