Аýғаныстаннан әскерлердиң ýатанына кайтарылғанына 35 жыл толыўы кең түрде белгиленди

Қоңырат районында Аýғаныстаннан әскерлердиң ýатанына кайтарылғанына 35 жыл толыўы мүнәсибети менен кең жәмийетшилик ўәкиллери тәрепинен Хәсиретли Ана естелигине гүл шеңберлери қойылды.
1989-жылдың 15 -февралында Ау‌ғаныстан жеринен  әскерлеримиз алып шығылды.Интернационалист- жаýынгерлер  аýған жеринде халық аралық терроризм хәм наркобизнестиң сол ýақыттағы Аýқам қурамында болған мәмлекетлердиң шегараларына өтиýиниң алдын алыýда катнасты.Сол ýақыттан баслап бул сәне жаýынгер- интернационалистлерди еслеý күни сыпатында белгиленеди. Районнан бул урысқа 200 ден аслам жерлесимиз кеткен болса,олардың төртеýи қанлы саýашларда қаза тапты.Бүгинги күнде районда 114 аýған урысы қатнасыýшылары жасайды.
Райондағы пайызлы орынлардың биринде олар ушын ушырасыý кешеси шөлкемлестирилди.
Бир қатар ветеранлар РФ ҚК Ветеранлар Кеңеси Бас штабының “Аўғанстаннан әскерлердиң алып шығылғанына 35 жыл”медалы менен сыйлықланды.
Ветеранлар бир кесе шай үстинде қураллас досларын еследи.

       

 

 

Skip to content