Бүгин түрли машқалалар себепли дәрттиӊ түрлери көбейип баратырғандай. Айырым ўақытлары емлеўханалардыӊ тығылыслығы, дәриханаларда гезек күтиўге туўра келинип атырғаны адамды ой-пикирге шақырады.
Бул процессте де әпиўайы қағыйда ислейди. Талап артар екен соған сәйкес усыныс болыўы зәрүр. Соныӊ ушын да кеселликлердиӊ алдын алыў, емлеўдиӊ заманагөй усыллары ойлап табылмақта. Дүньяда фармацевтика санаатыныӊ кеӊейип баратырғаныныӊ себеби де сонда.
Мәмлекетимиз басшысы усы жылы 31-январь күни формацевтика тараўын тәртипке салыў, халықты сапалы ҳәм қәўипсиз дәри қураллары менен тәмийинлеў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.
Президентимиз бул тармақтыӊ халық саламатлығы, экономикадағы әҳмийетин атап өтти. Тараўдағы мәселелер бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.
Бул темада сөз барар екен усы жылы 23-январь күни қол қойылған “Фармацевтика тараўын тәртипке салыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы Президент пәрманыныӊ әҳмийетине тоқтап өтиў зәрүр.
Ҳүжжет пенен дәрилер ҳәм медициналық буйымларды таярлаўшы ҳәм сатыўшы шөлкемлер бул өнимлердиӊ сапасы менен қәўипсизлиги ушын да жуўапкер етип белгиленди. Соннан келип шығып, оларға мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыўдыӊ өз алдына қағыйдалары орнатылады.
– Халықты сапалы дәри қураллары менен тәмийинлеў тек ғана мәмлекетлик уйымлар емес, ал бул процессте қатнасып атырған тийисли исбиллерменлик субъектлериниӊ де ўазыйпасы, – дейди Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги бөлим баслығы Шерзод Холматов. – Усы тәрепин инабатқа алған ҳалда пәрманда исбилерменлик субъектлерине де белгили ўазыйпалар жүкленбекте. Дәри қураллары ҳәм медициналық буйымларды таярлаў, көтере ҳәм усақлап реализация менен шығылланатуғын шөлкемлер халықты сапалы, қәўипсиз, нәтийжелилиги кепилленген дәри қураллары менен тәмийинлеўде теӊдей жуўапкер сыпатында көрилмекте.
Денсаўлықты сақлаў министрлигинде барлық медицина шөлкемлерин қамтып алған арнаўлы электрон системасы жаратылады. Бул дәри қуралларын пайдаланыў менен байланыслы қәўиплерди оператив анықлаў ҳәм шара көриўге қаратылған система болады. Буныӊ ушын зәрүр фармакологиялық қадағалаў әмелияты стандарты енгизилиўи нәзерде тутылған. Онда Денсаўлықты сақлаў министрлигинде дәрилердиӊ унамсыз тәсири ҳаққында электрон база қәлиплестириледи. Әҳмийетли тәрепи, бул ҳаққындағы мағлыўматларды медицина хызметкерлери ҳәм халыққа оператив жеткериў жолға қойылады.
Усы жерде халықты сапалы ҳәм қәўипсиз дәри қураллары менен тәмийинлеў дегенде нелер нәзерде тутылатуғынына қысқаша тоқтап өтиў зәрүр. Бунда дәри-дәрмақлар халықаралық дәрежеде тән алынған стандарлар тийкарында ислеп шығарылады. Олардыӊ сақланыўында тийисли талаплар бар. Сондай-ақ, лаборатория экспертизасы ҳәм клиникалық тексериўлерден өтиўи зәрүр. Раўажаланған мәмлекетлерде фармацевтика өнимлериниӊ бул талапларға муўапықлығын тәмийинлеў мақсетинде тийисли концепция енгизилген. Бул GxP деп аталады.
GxP болса фармацевтика санаатыныӊ түрли бағдарларындағы зәрүр әмелиятларды өз ишине алған бир пүтин стандартлар системасы.
Бундай стандартлар енгизилиўиниӊ бир қанша әҳмийетли тәрепи бар. Онда, бәринен бурын, фармацевтика өнимлериниӊ қәўипсизлигине исеним артады. Халықты сапалы ҳәм қәўипсиз дәри қураллары менен тәмийинлеўди кепиллеўге итибар күшейеди. Әҳмийетлиси, тийисли кәрханаларда халықаралық талапларға жуўап беретуғын сапа системасы жүзеге келеди.
Буннан бес жыл алдын мәмлекетимиз фармацевтика тармағында бул стандартларды басқышпа-басқыш енгизиў бойынша әмелий жумыслар басланған. Бүгинги күнге шекем бул бағдарда бир қатар тийисли ҳүжжетлер қабыл етилди.
Өним ҳәр қанша сапалы ҳәм пайдасы жоқары болмасын оны сақлаўда нормалар бузылса күтилген нәтийжени бермей қояды. Еӊ жаман тәрепи айырым жағдайларда сапасыз сақлаў дәрини денсаўлық ушын зыянлы элементке айландырыўы да мүмкин.
Пәрман менен енди дәрилер ҳәм медициналық буйымларды сақлаўшы бажыхана, еркин қоймаханалар белгиленген халықаралық стандартлар тийкарында жумысын шөлкемлестиреди. Жаӊа шөлкемлестирилетуғын бундай бажыхана қоймаханалары ҳәм еркин қоймаханалар мәжбүрий түрде «Зәрүр сақлаў әмелияты – GSP» талапларына муўапықлық бойынша сертификатқа ийе болмаған қоймаханаларда дәри қуралларын сақлаў қадаған етиледи.
Және бир тәрепи, 2024-жыл 1-июльден баслап дәри қураллары ҳәм биологиялық белсенди қосымшаларды телерадиоканаллар арқалы реклама етиўде де тәртип өзгереди. Анығырақ етип айтатуғын болсақ, енди реклама ушын таярланған контент Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен берилген жуўмақ тийкарында эфирге узатылыўы жолға қойылады.
Дәри-дәрмақлардыӊ жаӊа түрлери, қурамлары пайда болып атырғаны олардыӊ сапасын турақлы қадағалаўды талап етпекте. Дәрилердиӊ унамсыз тәсирлерин анықлаў, таллаў зәрүрлиги болса ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли.
Икром АВВАЛБОЕВ,
ӨзА