Ертең 16-январь күни саат 11:00 ден баслап 17:00 ге шекем “Жаслық” посёлка пуқаралар жыйыны халқына көрсетилип атырған медициналық хызмет сапасын жақсылаў, наўқаслықларды ерте анықлаў мақсетинде Қоңырат районы медициналық бирлеспесиниң кардиолог, терапевт, педиатр, акушер-гинеколог ҳәм УЗИ қәнигелериниң қатнасыўында медициналық тексериў өткериледи.
Ҳүрметли “Жаслық”посёлка пуқаралар жыйыны турғынлары!
“Ҳәр қандай кеселликти емлегеннен, алдын алған абзал”.
Бәршеңизди бүгинги болып өтетуғын медициналық тексериўлерге келип, өз саламатлығыңызды көзден өткериўге шақырып қаламыз!