Қоңыратта бир кунде 4 мәҳәлле имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Қоңырат районында бир кунниң өзинде район орайынан алыс”Әжинияз”AПЖ,”Таллық”МПЖ ның жаңадан қурып питкерилген имаратлары ҳәм “Түркистан” “Мыңжарған'”МПЖ ларының ири оңлаўдан шығарылған имаратлары пайдаланыўға тапсырылды.Усы мүнәсибет  пенен “Таллық” МПЖ да өткерилген имараттың ашылыў салтанатында район ҳәкими Б.Мадаминов,нураныйлар , кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.Район ҳәкими өз сөзинде елимизде мәҳәлле институтын және де раўажландырыў , әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, абаданластырыў жумысларының нәтийжеси ҳаққында айтып,алып барылып атырған барлық ийгиликли жумыслар, ең әўеле, халқымыздың разылығы, инсан қәдири ушын хызмет етип атырғанлығын тастыйықлап өтти.”Мыңжарған”ҳәм “Түркистан”мәкан пуқаралар жыйынларының имаратлары да оңлаў талап аўҳалға түсип қалған еди.Район ҳәкими ҳәм аймақтағы бир қатар қәўендерлердиң көмеги менен ири оңлаўдан шығарылып, жаңа заманагөй түске енген бул жыйын имаратларының да ашылыў салтанатлары болып өтти.Ашылыў мересимлеринде район ҳәкими Б.Мадаминов сөзге шығып, аймақ турғынларын жаңа жыл менен қутлықлады ҳәм мәҳәллеге қәўендерлик еткен исбилерменлерге миннетдаршылық хатларын ҳәм саўғалар тапсырды.Заманагөй жойбарлар тийкарында қурылған ҳәм барлық шараятларға ийе бул имаратлар пуқаралар ушын да ҳақыйқый Жаңа жыл саўғасы болды.

   

 

Skip to content