“Жаслар дем алыў бағы” пайдаланыўға тапсырылды

Қоңырат районында “Жаслар дем алыў бағы” пайдаланыўға тапсырылды. Бағтың ашылыў салтанатында район ҳәкими Бекзод Мадаминов сөзге шығып ,
Президентимиз басшылығында жас әўладтың жарқын келешегин жаратыў жолындағы ғамхорлықлар өзиниң нәтийжесин берип атырғанлығын атап өтти.

Район халқының саны  135 мыңнан аслам болса , соннан 32 мың 432 син жаслар қурайды.
Жасларды миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдриятлар руўхында тәрбиялаў,жәмийетте ылайықлы орын ийелеўи,пәраўан турмыс кешириўи ушын
шараятлар жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Көп жыллардан бери қараўсыз қалған бағқа район ҳәкиминиң басламасы менен Сурхандәрья ўәлаяты исбилерменлери тәрепинен 13 мың түп ҳәр түрли декоратив тереклер егилди.Жиззахлы исбилерменлер тәрепинен 10  саўда дүканшалары жайластырылды.130 қуяш панельлери орнатылды.
Халқымыздың жаңа жылды жоқары кейпиятта күтип алыўы ушын бул бағқа үлкен шырша орнатылып, пүткиллей жаңаша түске енген “Жаслар дем алыў бағы”районымыздың шырайына шырай қосып тур.

Skip to content