“Меҳир ҳәрекети” шеңберинде әмелге асырылып атырған қайыр-сақаўат илажлары районымыз бойлап даўам етпекте.

Жәрдемге мүтәж шаңарақларға көмек көрсетиў, оларға меҳир үлесиў халқымызға тән әзелий ағла пазыйлетлеримизден саналады. “Меҳир ҳәрекети” шеңберинде әмелге асырылып атырған ийгиликли ҳәм саўаплы ислер аўыр шәраятта жасап атырған шаңарақларға үлкен қуўаныш алып кирмекте.

Бүгин Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңеси депутаты Б.Отельбаев район аймағында жасаўшы жәрдемге мүтәж шаңарақлардың ҳалынан хабар алды.

Skip to content