“ЖАСЛЫҚ”ТА ЖАҢА ТУРАҚ ЖАЙ ПАЙДАЛАНЫЎҒА ТАПСЫРЫЛДЫ

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 31-август күнги “Қарақалпақстан Республикасында авария жағдайындағы ҳәм пүткиллей ескирген көп квартиралы үйлерди реновация етиў арқалы халықтың жасаў шараятларын және де жақсылаў илажлары ҳаққында”ғы 557-санлы қарарына муўапық Қоңырат районындағы “Жаслық”ППЖ жайласкан 11 авария ҳалатындағы көп квартиралы үйлерди реновация етиў тийкарында төрт бес қабатлы ҳәр бири 45 квартиралы үйлерди Өзбекстан Республикасы республика бюджетиниң қосымша дереклери есабынан қурыў белгиленген еди.Бүгин Қоңырат районындағы “Жаслық” посёлка пуқаралар жыйынында жаңадан қурып питкерилген 45 квартиралы бес қабатлы турақ жай  пайдаланыўға тапсырылды. Жаңа турақ жайдың ашылыў салтанатында район ҳәкими Бекзод Мадаминов сөзге шығып,турақ жай ийелерин бүгинги Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни менен қутлықлады ҳәм турақ жай ийелерине квартира гилтлерин салтанатлы жағдайда тапсырды.

Skip to content