Конституция -халықшыл мәмлекет,турақлы раўажланыў ҳәм абадан турмыс тийкары!

Қоңырат районындағы Мәденият сарайында Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни салтанатлы жағдайда белгиленди. Байрам кешесинде район
ҳәкими Бекзод Мадаминов жыйналғанларды бул қутлы сәне мүнәсибети менен қутлықлады. Атап өтилгениндей,  Бас нызамымыз мәмлекетимиздиң жүзи сыпатында оның өз алдына қойған мақсет ҳәм ýазыйпаларын , инсан хуқықлары ҳәм еркинликлерин, миннетлерин өзинде жәмлеген.Сахыпқыран Амир Темур “Мәмлекет нызамлар тийкарында қурылмас екен, ондай салтанаттың  сауўлаты, қүдирети ҳәм қурамы жойытылады “деген еди.Ҳақыйқатында да, раўажланыўдың жаңа басқышына қәдем қойған мәмлекетимиздиң жаңаланған Конституциясы барлық тараўлардағы реформаларды әмелге асырыўда, елимиздиң бүгинги жоқары раўажланыўын тәмийнлеўде әҳмийетли ҳүжжетке айналды.
Байрам  қатнасыýшыларының нәзерине районлық мәденият бөлими хызметкерлериниң хәм жас талантлылардың концерт бағдарламасы усынылды

Skip to content