Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң 63-сессиясы болып өтти. Сессияға районлық Кеңес депутатлары, мекеме, кәрхана басшылары, өзин-өзи басқарыў уйымлары баслықлары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Сессияны Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң баслығы Б.Мадаминов басқарып барды.
Сессияда Жынаят ислери бойынша Қоңырат районы суды тәрепинен , “Қоңырат” МПЖ да шөлкемлестирилген 7-санлы хуқық тәртип орны тәрепинен,
Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы районлық бөлими тәрепинен өткен 9 ай даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳаққындағы есабатлары тыңланды.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 15-июльдеги “Энергия ресурсларынан пайдаланыўдың нәтийжелилигин асырыў ҳәм қайта тиклениўши энергия дереклерин енгизиўди және де жеделлестириў ҳаққында”ғы қарарының район аймағында орынланыўын тәмийнлеў бағдарындағы жумыслар бойынша да есабат берилди.Сондай -ақ сессия күн тәртибинен Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң 2023-жыл 29-май күнги “Қоңырат районы аймағындағы социаллық тараў объектлериниң жылытыў системаларын мәмлекетлик-жеке шерикшилик тийкарында модернизация етиў ҳаққында”ғы ҳәм “2023-жылдың || мәўсиминде “Басламалы бюджет”порталына жайластырылған ҳәм жеңимпаз деп табылған жойбарларға “Пуқаралар басламасы”жәмғармасы есабынан қаржы ажыратыў ҳаққында”ғы қарарына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы мәселе де орын алды.Депутатлар сөз етилген мәселелер бойынша өз пикир ҳәм усынысларын билдирди.
Сессияда күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етилди.