Бир неше жыллардан бери елимизде 1-октябрь -Муғаллимлер ҳәм устазлар күни улыўмахалықлық байрам сыпатында кең түрде белгиленеди.Мың-мыңлап кеўиллерге жақсылық нурын шашатуғын ,оқыўшыларына турмыс мектебин беретуғын уллы инсан-муғаллим ҳәм устазлардың кәсиплик байрамы Қоңырат районында да кең түрде нышанланбақта.
Жақында бой көтерген саўлатлы амфитеатрда бул қутлы сәнеге бағышланған салтанатлы байрам илажы болып өтти.Илажға тараўда көп жыллар мийнет еткен ветеран устазлар, өз билими менен өрнек болып киятырған алдыңғы оқытыýшылар,тараў пидайылары қатнасты.Район ҳәкиминиң орынбасары А.Мамутов байрам қатнасыўшыларына Президентимиздиң байрам мүнәсибети менен муғаллим хәм устазларға жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди.Президентимиздиң халық билимлендириýин раýажландырыý, педагоглардың абыройын асырыý мәселесине ҳәр қашанғыдан да көбирек итибар қаратып атырғанлығы бәрше устазларды шексиз қуýанышқа бөледи.Ҳақыйқатында да көз нурын,билим ҳәм тәжирийбесин, пүткил саналы өмирин жас әýладқа билим ҳәм тәрбия бериýге, оларды миллий ҳәм улыýма инсаныйлық қәдриятлар руýхында тәрбиялаýға бағышлаған , ýатанымыздың келешегиниң тийкарын жаратып атырған бул инсанлардың мийнетин қаншелли қәдирлесек те аз.
Буннан соң сөзге шыққан нураныйлар,бир қатар тараў ўәкиллери муғаллим ҳәм устазларды байрам менен қутлықлап,тараý алдыңғыларын жас әýлад тәлим-тәрбиясындағы пидайы мийнетлери ушын естелик саýғалары ҳәм ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықлады.Бир қатар белсенди тараў хызметкерлери Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық билимлендириў ағласы көкирек нышанлары менен сыйлықланды.Илаж қатнасыýшыларына районлық мәденият бөлими тәрепинен концерт бағдарламасы усынылып,атқарылған йошлы намалар,олардың қәлбине бир әлем заýық бағышлады.Буннан соң райондағы пайызлы орынлардың биринде тараў нураныйлары ҳәм белсендилери ушын байрам дәстүрханы жайылды.