Пахта жыйын-теримине бағышланды

“Қара шигиттен аппақ ханалар жаратаман дегенше”дийхан қаншадан-қанша мийнет етеди.Дийханларымыздың жыл бойы төккен маңлай терлериниң нәтийжеси бүгин аппақ шағаладай болып ашылған пахта атызларында көзге тасланбақта. 2023-жылдың зүрәәти ушын жетистирилген пахта шийки затын сепситпей жыйнап-терип алыўға бағышланған  көргизбели семинар  Қоңырат районындағы”Мустақиллик”фермер хожалығында да болып өтти.Семинарда  Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри Сағындық Турманов,сектор баслықлары,тийисли кәрхана ҳәм шөлкем басшылары,АПЖ ,МПЖ ақсақаллары ҳәм отряд баслықлары қатнасты. Быйыл район бойынша пахташылық пенен шуғылланатуғын 133 фермер хожалықларындағы 4700 гектар майданнан мәмлекетке 11280 тонна пахта шийки затын тапсырыў режелестирилген.Жыйын-терим мапазын шөлкемлескенлик пенен өткериў ушын 42 отряд дүзилди.Семинар даўамында ҳәр бир отряд басшысының ўазыйпалары, пахта атызларын терип алыў тәртиплери,районлық пахта штабына күнделикли  берип барылатуғын мағлыўматлар ҳәм пахта жетистириўши фермерлер ҳәм кластер тәрепинен теримшилерге жаратып берилетуғын шараятлар ҳаққында тапсырма ҳәм көрсетпелер берип өтилди.

Skip to content