“NUKUS WINDOWS PROFILE” көп тармақлы кәрханасы баслығы,”Фаол тадбиркор”көкирек нышаны ийеси Бердимурат Келимбетов Қоңыратлы исбилерменлик жумысын енди баслап атырған исбилерменлердиң ҳәм исбилерменлик пенен шуғылланыý тилегинде болған аймақ турғынлары менен ушырасып,өзиниң көп жыллық тәжирийбелери менен бөлисти. Бердимурат Келимбетов көп жыллардан бери Логистика орайы,”Аква”әйнек-қапылар ислеп шығарыý, Мебель ислеп шығарыý фабрикаларында жаслардың ҳәм ҳаял- қызлардың бәнтлигин тәмийнлеп,халық абаданлығы жолында мийнет етип киятыр. Оның мийнетлери ылайықлы баҳаланып,Ҳүрметли Президентимиздиң Пәрманы менен жақында “Фаол тадбиркор”көкирек нышаны менен сыйлықланды.Ушырасыý қатнасыýшылары өзлерин қызықтырған сораýларына жуýаплар алды.