ҚОҢЫРАТТА БАЙРАМ НӘПЕСИ  

Халқымызда той көп,байрамлар көп.Лекин солардың ишинде ең уллы,ең әзийз байрам-Ғәрезсизлик күни.Қоңырат районы халқы да бул байрамды быйыл өзгеше жоқары кейпият пенен күтип алды.Байрамды күтип алыý ушын районда кең көлемли абаданластырыý ,қурылыс жумыслары алып барылды.Байрам қарсаңында халықтың мәдений дем алыýы ушын 1200 орынлық  амфитеатрдың ашылыýы район халқы ушын ҳақыйқый байрам саýғасы болды. Кең жәмәәтшилик ýәкиллери қатнасыýында болып өткен Амфитеатрдың ашылыý салтанатында район ҳәкими Б.Мадаминов ҳәм бир қатар сөзге шыққанлар жыйналғанларды Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 32 жыллығы менен қутлықлады ҳәм бул заманагөй ҳәм саýлатлы,барлық қолайлылықларға ийе имарат халқымызға узақ жыллар даýамында хызмет ететуғынлығынлығына исеним билдирди.

Skip to content