“ЖАҢА ТУРМЫС УШЫН, ЖАҢА ӨЗБЕКСТАН УШЫН!”

Усы сүрен астында өткерилетуғын Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамы алдынан”Қаңлы”аýыл пуқаралар жыйынында 5445 халыққа хызмет ететуғын шаңарақлық поликлиника пайдаланыýға тапсырылды.Емлеý мекемеси УЗИ ,ЭКГ сыяқлы заманагөй медициналық үскенелер менен тәмийнлеген болып,лаборатория,стоматология халық хызметинде.120 түрдеги дәри-дәрмақлар аýыл халқына бийпул тарқатылады.Бурынлары наýқасланса, бир неше шақырым узақлықтағы район орайына барып емленетуғын аýыл турғынларының енди узағы жақын болып,мүшкили жеңиллести.

Skip to content