Үй алды қыйтақ жери-дәрамат дереги

Қоңырат районындағы “Әдебият”аýыл пуқаралар жыйынындағы Дәýлетбаевлар шаңарағы үй алды қыйтақ жеринде жүзимгершиликти раýажландырып,мол дәрамат таýып,арзыý-ҳәýеслерине жетисип атырған шаңарақлардың бири.Ҳәр жылы жүзимнен мол өним алып,базарлардың да арзаншылығына үлес қоспақта
-Үй алды қыйтақ жеримизде,алмурт,алма,қәрели,сондай-ақ, 60 түп жүзимлеримиз бар.Базарға күнине 100-120 кг жүзим шығарамыз.Бул  2 -2,5 млн сум дәрамат дегени,-дейди Батыр Дәýлетбаев.
Халықтың үй алды қыйтақ жеринен өнимли пайдаланыýы кәмбағаллықты қысқартыýда,қосымша дәрамат дерегин жаратыýда үлкен әҳмийетке ийе.

Skip to content