РӘСМИЙ ЖУЎАП

Kar24.uz телеграм каналында Қоңырат районы “Жиңишке” МПЖ Бабур көшеси турғынларының ишимлик суўы машқаласы менен байланыслы мүрәжаты тийкарында сын мақала жәрияланған еди. Бул бойынша район ҳәкимлиги төмендегилерди мәлимлейди:

Жаз айларында ҳаўа райының ысып кетиўи себепли халықтың ишимлик суўына болған талабы кескин артады. Бул, өз гезегинде хожалықларды ишимлик суўы менен тәмийинлеўде айырым машқалаларды жүзеге шығарады.

Жоқарыдағы мәнзилдеги хожалықларды үзиликсиз ишимлик суўы менен тәмийинлеў мәселеси Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 9-апрель күнги ПҚ-4271-санлы қарарына тийкар, Азия раўажландырыў банки қаржылары есабынан жаңадан ишимлик суў қубырларын тартыў бойынша дәстүрге киритилген болып, ҳәзирги күнде жойбардың сметасын ислеп шығыў жумыслары алып барылмақта. Жойбардың сметасы толық ислеп шығылғаннан соң усы қарар тийкарында “Жиңишке” МПЖ аймағындағы барлық көшелерге суў қубырлары заман стандартларына сай етип жаңадан тартылады ҳәм ишимлик суўы менен үзиликсиз тәмийинленеди.

Skip to content