Жаслар арасында спорттың ғалабалығын асырыў ҳәм саламат турмыс тәризин кең ен жайдырыў мақсетинде “Бес баслама” олимпиадасы шеңберинде Республикамыз бойлап ғалабалық спорт жарыслары шөлкемлестирилген еди.
Бүгин “Бес баслама” олимпиадасы спорт жарысларының районлық басқышында жеңимпазлықты қолға кириткен бир қатар жаслар район ҳәкимлиги тәрепинен мүнәсип сыйлықланды. Сыйлықлаў салтанаты Қоңырат районы Мәденият сарайында болып өтти. Илажға район ҳәкими Б.Мадаминов, сектор басшылары ҳәм жарыс жеңимпазлары қатнасты.
Илажда район ҳәкими Б.Мадаминов сөзге шығып, жасларды қолға кириткен жоқары нәтийжелери менен және бир мәрте қутлықлады.
Буннан соң жеңимпазларға район ҳәкимлиги тәрепинен таярланған диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети