Қоңырат районы Абаданластырыў басқармасына қараслы қараўсыз қалған ҳайўанларды аўлаў бɵлими ЕСКЕРТЕДИ!

Ҳүрметли район турғынлары

Ҳәзирги ўақытта үй ҳайўанларының қутырыў ҳәмде ҳәр түрли аўырыўлар менен зыянланыў жағдайлары ушыраспақта. Сол себепли үй ҳайўанларын ɵз басымшалық пенен жиберип қоймаўыңызды ҳәмде ɵз ўақтында вакциналарын салдырып турыўыңызды ескертемиз. Бул ҳәрекетиңиз бенен Сиз жүз бериўи мүмкин болған ҳәр қандай бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алған боласыз.

Егер ийесиз, кɵшеде жүрген қараўсыз қалған ҳайўанлар болса тийисли тәртипте жоқ қылынатуғынлығын ескертемиз

Қоңырат районы Абаданластырыў басқармасына қараслы қараўсыз қалған ҳайўанларды аўлаў бɵлими
55 1043644

 

Skip to content