1-июнь-“Халықаралық балаларды қорғаў күни” мүнәсибети менен байрам илажы шөлкемлестирилди

1-июнь-Халықаралық балаларды қорғаў күни мәмлекетимизде ҳәр жылы үлкен қуўаныш пенен белгиленип келинбекте. Быйылғы байрам салтанаты районымыз Мәденият сарайында болып өтти.

Онда Қоңырат районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Ф.Ергуланова сөзге шығып, ғәрезсиз елимиздиң бахытлы балаларын бүгинги байрам менен кутлықлады.

Байрам илажы районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таяланған концерт бағдарламасы ҳәм тетарластырылған байрам тамашалары менен даўам етти.

Соның менен бирге балалар тәрепинен қосықлар атқарылып, ҳәр қыйлы миллий ойынлар ойналды.

Балалар тәрепинен гирбиңсиз балалығына сай болған аяқ ойынлары ҳәм аткарған қосықлары кешеге өзгеше сән бағышлады

Skip to content