Бугин Қоңырат районы Баркамал аўлад балалар орайында 15-май халықаралық «Шаңарақ күни» мүнасибети менен мәҳәлледеги үлгили шаңарақлар арасында «Жаңа Өзбекстанның үлгили шаңарағы» атамасындағы көрик таңлаўының районлық басқышы болып өтти.
Таңлаў жуўмағы бойынша 4-сектор аймағынан Мәмбетсапаевлар шаңарағы 1-орынды ийелеп Республикалық басқышқа жолламаны қолға киритти.