Жәҳән маған ҳәўес пенен қарасын таңлаўының районлық басқышы өткерилди.
Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қаракалпақстан бөлими тәрепинен шөлкемлестирилген “Жәҳән маған ҳәўес пенен қарасын! ” жас ҳәўескер бақсылар Республикалық таңлаўының Қоңырат районлық басқышы болып өтти.
Онда аймақтағы улыўма орта билим бериў мектеплеринен 12-16 жас арасындағы ҳәўескер бақсылар қатнасып, таңлаў шәртлери бойынша өз өнерлерин көрсетти.
Таңлаў жуўмағында сыйлы I орынды ийелеген жеңимпаз таңлаўдың Республикалық басқышына жоллама алды.
Таңлаў жеңимпазлары Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы районлық бөлими тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети