Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги “2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын еледе жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы 408-санлы қарарына тийкар Қоңырат районы Алмазар мәҳәллесине медиа тур шөлкемлестирилди.
Өткерилген Медиа турға Қоңырат районы қурылыс бөлим қәнигелери, районлық абаданластырыў басқармасы ҳәм пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Медиа тур даўамында қәнигелер тәрепинен Президент пәрманы бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳәм алдағы режелер бойынша кең түрде мағлыўматлар берилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл 25-октябрь күни “2022-2023 жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын жәнеде жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳақкында”ғы 408-санлы қарары тийкарында мәҳәллелер инфраструктурасын жақсылаўға бюджеттен жәми 28.1 млрд сум қаржы ажыратылған болып, қурылыс-оңлаў жумыслары жуўмағында 11,43 км пиядалар жолы, 61,3 км ишки жоллар қайта реконструкция қылынады. Сондай-ақ, 310 дана түнги жақтыландырыў шырақлары орнатылады.