Район  прокурорының нураныйлар ҳәм көше бийлери менен ушырасыўы өткерилди

Қоңырат районы прокуроры Ж.Муфтуллаевтың районымыздағы Бердақ ҳәм Моншақлы мәкан пуқаралар жыйынларының нураныйлары ҳәм көше бийлери менен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда сектор баслығы тәрепинен Ҳүрметли Президентимиз басшылығында халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берилип, мәҳәллелер инфраструктурасын және де жақсылаў бойынша алдағы режелер белгилеп алынды.

Ушырасыў даўамында көше бийлери тәрепинен пуқаралардың турмыс шәраятларын жақсылаў бағдарындағы пикир ҳәм усыныслары тыңланды.

Skip to content