Туӯылғанлықты дизимге алыӯ тәртиби

Баланыӊ туӯылыӯы ҳәр бир шаӊарақ ушын шексиз қуӯаныш, шаӊараққа жаӊа бир ағзаныӊ қосылыӯы нызам тийкарында бир қатар ҳуқық ҳәм миннетлерди пайда етеди. Өзбекстан Республикасы «Шаӊарақ кодекси»не, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 14.11.2016 –жылы 387-санлы Қарары менен тастыйықланған «Пуқаралық ҳалаты актлерин дизимге алыӯ Қағыйдалары»на ҳәм Өзбекстан Республикасы Әдиллик министриниӊ 31.12.2013-жылы 400-мҳ-санлы буйрығы менен тастыйықланған «Пуқаралық ҳалаты актлерин жазыӯ органларында ис жүритиӯ тәртиби ҳаққындағы Қолланба» ға тийкар  Баланыӊ туӯылғанлығын дизимге алыӯ мәжбүрий болып, пуқаралардыӊ турақлы (ӯақтынша) есапта турған жеринен ғәрезсиз пуқаралық ҳалаты актлерин жазыӯ (ПҲАЖ) органы тәрепинен әмелге асырылады.

Ата-ананыӊ қәлеӯине бола ПҲАЖ органы баланыӊ туӯылғанлығын салтанатлы түрде өткериӯи мүмкин. Туӯылғанлықты дизимге алыӯ бойынша арза бала туӯылған күннен баслап бир ай мүддет ишинде аӯызеки ямаса жазба түрде берилиӯи керек.

Баланыӊ туӯылғанлығы ҳаққында арза ата-анасы яки олардыӊ бири, айырым жағдайларда болса ағайинлери, қоӊсылары яки ата-анасынан бири ӯакиллик берген басқа шахслар, сондай-ақ медицина бирлеспесиниӊ, ишки ислер яки аменгерлик ҳәм қәӯендерлик органларыныӊ лаӯазымлы шахслары тәрепинен берилиӯи мүмкин. Белгиленген бир ай мүддеттиӊ өтип кеткенлиги туӯылғанлықты дизимге алыӯға тосқынлық қылмайды. Бундай жағдайда он алты жасқа толмаған баланыӊ туӯылғанлығын дизимге алыӯ ушын ПҲАЖ бөлимине туӯылғанлығын дизимге алыӯ мүддети өтип кеткенлиги себеби көрсетилген арза, баланыӊ ата-анасы, ата-анасыныӊ нызамлы некеси дизимге алынған болса олардыӊ бири, ямаса исеним хат тийкарында басқа мәптар шахс, ата-ананыӊ орнын басыӯшы шахс ямаса аменгерлик ҳәм қәӯендерлик органыныӊ лаӯазымлы шахслары тәрепинен усынылады. Бундай жағдайларда ПҲАЖ органы туӯылыӯ фактын тастыйықлаӯшы ҳүжжетке қосымша түрде нызамда көрсетилген тәртипте басқа ҳүжжетлерди де талап етиӯи мүмкин. 16 жастан асқан медицина бирлеспесинен тқсқарқ жерде ҳәм медициналық жәрдемсиз туӯылған балаға қарата медицина бирлеспеси тәрепинен туӯылғанлық ҳаққында мағлыӯматнама рәсмийлестирилмеген шахслардыӊ туӯылғанлығын дизимге алыӯ суд бийлигине асас әмелге асырылады.

Егер бала 16 ҳәм оннан үлкен жаста болса ҳәм оған қарата медицина бирлеспеси тәрепинен рәсмийлестирилген туӯқлғанлққ ҳақққнда медициналққ мағлыӯматнама бар болса, оныӊ туӯылғанлығын ата-ана ямаса олардыӊ бири ҳәм ер жеткен баланыӊ арзасына көре дизимге алынады.

Туӯылғанлықты дизимге алыӯ ушын: бала туӯылғанлығы ҳаққындағы медициналық мағлыӯматнама (туӯылғанлықты комплекс мәмлекетлик хызмети тийкарында дизимнен өткен жағдайлардан тысқары), ата-анасыныӊ шахсын тастыйықлаӯшы ҳүжжетлери (пуқаралық паспорты, сырт елге шығыӯ паспорты, идентификацияла ушы ID-карта, әскерий хызметшиниӊ әскерий билети), неке  дүзилгенлиги ҳаққында гербли гуӯалық ямаса аталықты белгилеӯ ҳаққындағы арза яки некеде болмаған ананыӊ арзасы усынылады.

Г.Абыниязова

Қоӊырат районы 1-санлы

 ПҲАЖ бөлими меӊгериӯшиси

Skip to content