Мүбәрек рамазан айында саўаплы ислер даўам етпекте 

Қоңырат районында Рамазан айында районның Санаат МПЖ ҳәм Жиңишке МПЖ да жасаўшы пуқаралар ушын ифтарлық дәстурханы жайылды. Иләжға район ҳәкиминиң орынбасары А.Мамутов, районлық Диний комитет районлық қәнигеси Ю.Қалекеев , районлық имам-хатиби ҳәм оразадағы нураный ата-аналарымыз қатнасты. Сөзге шығып сөйлеўшилер бәршени мүбәрек рамазан айы менен қутлықлады.


Имамымыз тәрепинен бүгинги күндеги елимизде ҳүким сүрип турған тынышлықтың қәдирине жетиў, миллетлер аралық татыўлық, диний кеңпейиллик ҳәм басқа да руўхый-ағартыўшылық мазмунында түсиник жумыслары алып барылып, елимиздиң пәраўанлығы ушын қуръан сүрелери оқылды. Жыйналғанлар бундай саўаплы ислер ушын Президентимизге өзлериниң шексиз миннетдаршылықларын ҳәм шүкираналықларын билдирди.

Skip to content