Жасыл мәкан улыўма миллий жойбары шеңбери

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы Ш.Өтемисов “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде әмелге асырылып атырған жумысларды үйрениў мақсетинде Қоңырат районында болды.


Дәслеп “Қоңырат дийхан базары” ЖШЖ де сатылып атырған декоратив ҳәм мийўе нәллериниң баҳалары менен танысты ҳәм терек нәллериниң баҳаларын еледе арзанластырыў ушын қосымша нәллер жеткерилиўи ҳаққында айтып өтти.


Буннан соң райондағы 9-санлы МШБШ де болып, әмелге асырылып атырған абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын үйренди. Соның менен бирге, МШБШ де балалар ушын жаратылған шәраятларды үйренди.

Буннан соң, Қоңырат ҳәм Азатлық мәҳәллелеринде болып, мәҳәлле хызметкерлери менен ушырасты ҳәм олардың жумыс барысы менен танысты.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Skip to content