Айрықша жағдайлардың алдын алыў бойынша үгит-нәсият илажлары даўам етпекте

Жүз бериўи мүмкин болған айрықша жағдайлар, ийис газинен зәҳәрлениў, газ-ҳаўа араласпасының шақнаўы ҳәм өртлердиң алдын алыў мақсетинде районлық Айрықша жағдайлар бөлими ҳәм бирге ислесиўши хызметлер тәрепинен үгит-нәсият илажлары күшейтирилген тәртипте алып барылмақта.

Бүгин, Қоңырат районы ҳәкимлигиниң мәжлислер залында үгит-нәсият илажларының мақсети ҳәм илаж даўамында әмелге асырылатуғын жумыслар бойынша жыйналыс өткерилди. Жыйналысқа район прокуроры Ж.Муфтуллаев, АЖБ баслығы М.Халмуратов, ИИБ баслығы У.Сейтмуратов, АЖБ жеке қурамы ҳәм бирге ислесиўши хызметлер ўәкиллери қатнасты.

Жыйналыста сөзге шыққанлар угит-нәсият илажы даўамында айрықша итибар қаратылыўы лазым болған мәселелерге тоқталып өтти.

Буннан соң хызметкерлер аймақлардағы көп қабатлы турақ жайларға бөлистирилип, үйме-үй жүриў арқалы пуқараларға түсиндириў жумыслары алып барылды. Үгит-нәсият илажы даўамында анықланған кемшиликлердиң көпшилик бөлеги сол орынлардың өзинде сапластырылған болса, шешими ушын ўақыт талап етилетуғын мәселелер бойынша тараў қәнийгелерине көрсетпелер берилип, қадағалаўға алынды.

 

М.Ж.Қайыпов
Қоңырат районы АЖБ

диспетчери,әскер

Skip to content