Ҳәр бир нызам жақсылықты көзлеп қабыл қылынады. Айырым нызамлар өз мазмун-мәнисине қарай мәмлекет ҳәм жәмийет тәғдиры, халық келешеги, ҳәр биримизге байланыслы болады. 2017-жыл 3-январь күни қабылланған «Коррупцияға қарсы гүресиӯ ҳақкында»ғы 419-санлы Өзбекстан Республикасы нызамы ҳәмде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 29-июнь күнги «Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиӯ агентлигиниң искерлигин шөлкемлестириӯ ҳаққында»ғы ПҚ-4761-санлы қарары әне усындай тарихый әҳмийетке ийе ҳүжжетлерден бири болып есапланады. 6 бап ҳәм 34 статьядан ибарат усы нызамда коррупцияға қарсы гүресиӯ бойынша кең көлемли ис-иләжлар ҳәм нормалар белгиленген.
Коррупция бул не? Бул ҳақкында ҳәммениң өзине тән пикири бар әлбетте. Нызамда оған сондай тәрийп берилген: «коррупция-шахстың өз әмел ямаса хызмет дәрежесинен шахсый мәплерин ямаса басқа шахслардың мәплерин көзлеп материяллық ямаса материяллык емес пайда алыӯ мақсетинде нызамға қарсы түрде пайдаланыӯы, сондай-ақ, бундай пайданы нызамға қарсы түрде усыныӯ болып есапланады». Нызамда коррупцияға қарсы гүресиӯ бойынша хызметти әмелге асырыӯшы ҳәм онда қатнасыӯшы органлар ҳәмде шөлкемлер, коррупцияға қарсы гүресиӯ тараӯында ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыӯ, коррупцияның алдын алыӯға байланыслы ҳуқықбузарлықларды анықлаӯ, оларға шек қойыӯ, жуӯапкершиликтиң болыӯы сыяқлы мәселелер анық белгилеп қойылған. Бул нызамға қарсы гүресиӯ ҳәр биримиздиң пуқаралық ӯазыйпамыз болып табылады. Коррупция сөзи «сатыӯ», «сатылыӯ» деген мәнсилерди де аңлатар екен. Басшы ямаса жуӯапкер адам қандай етип коррупцияға қол урады? Бул сораӯларға жуӯап ҳәр қыйлы болыӯы мүмкин. Бирақ сонысы анық, сататуғын сатылатуғын адам ҳеш бир ӯазыйпаны кеӯилден атқармайды. Коррупцияға қарсы гүресиӯ тараӯындағы мәмлекетлик сыясатының тийкарғы бағдарлары ҳәм принциплерин белгилеӯде бундай ҳуқықбузарлық ушын жуӯапкерликтиң болыӯын тәмийнлеӯ мәселеси қатаң есапқа алынған. Коррупция араласқан, бул жиркениш иллетке қол урған адам ушын уллы нәрселер, уллы сезимлердиң қәдири жоғалады. Бундай адамлар турмыста ҳәмме нәрсени сатып алыӯ мүмкин деп ойлайды. Баршемиз жақсы билемиз, нызам ҳуқықый қатнасықларды тәртипке салады. Жуӯапкерлер, ҳуқық ҳәм мәжбүриятларды, әмелге асрылатуғын ис-иләжларды белгилеп береди. Егер нызам турмыста ислемесе, оның бир неше бет әпиӯайы қағаздан парқы қалмайды. Солай екен коррупциядан кутылыӯ, реформаларды оның шеңгелинен азат етиӯ ҳақкында ҳәммемиз ойлаӯымыз, оған қарсы гүресиӯимиз керек. Дурыс ислеп, дурыс жасаӯды балалықтан, жаслықтан үйренген адам ҳалал болады. Әдалатсызлық, нызамға ҳүрметсизлик, кәсип-әмелге, исенимге қыянт етип болмаслығын үйренген, парахорлық ҳәм коррупцияға, сүтхорлыққа қарсы өзинде иммунитет пайда еткен жаслар келешекте ҳүжданлы болып жетилиседи. Нызамға тәртип қағыйдаларға ҳүрмет сақлап, ел-халыққа садықлық пенен хызмет қылады. Ҳалал мийнет пенен табылмаған байлық татлы болмаслығын, ҳеш кимге буйырмаслығын, жақсылық емес, жаманлық ҳәм күлпет келтириӯин түсинеди. Коррупцияға қарсы гүресиӯде, мәмлекет ҳәкимияты органлары хызметинде ашықлық ҳәм әшкәралықты тәмийнлеӯде, пуқараларға тез ҳәм анық ахборот жеткериӯде ғалаба хабар қуралларына еркинлик бериӯ, демократиялық реформалар процессинде олардың орнын ҳәм абыройын асырыӯ актуал мәселе болып есапланады.
Соның ушын коррупцияға қарсы гүресиӯде ғалаба хабар қуралларының қатнасыӯы, коррупцияға тийисли ҳуқықбузарлықлар ҳақкында ахборот берип атырған шахсларды қорғаӯ мәселелери нызамда айрықша белгилеп қойылған. Усы себепли де соңғы жылларда мәмлекетимизде исбилерменлер, киши бизнес субъектлерине «бир айна» принципи бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетилип атыр, бирден-бир интерактив портал арқалы мәмлекетлик хызметлер электрон түрде жиберилмекте. Нызам ҳүжжетлерине, мәмлекетлик шөлкемлердиң жумыс хызметине ашықлық, әшкәралықты тәмийнлеӯге өзгерислер киритилип атыр ҳәм басқа көплеп жаңалықлар киритилмекте. Булардың барлығы коррупцияны болдырмаӯда үлкен әҳмийетке ийе. Пуқаралар бундай өзгерислерди қоллап-қуӯатламақта.
Г.Дощанова
Қоңырат районы Әдиллик бөлими
Мәмлекетлик хызметлер орайы қәнийгеси