Айрықша жағдайлардың алдын алыў бойынша үгит-нәсият илажлары даўам етпекте

Бүгингидей қыстың қыраўлы күнлеринде пуқаралардың электр энергиясы ҳәм тәбийий газге болған талабы артып бармақта. Бул болса электр сымларына артықша басымның түсиўине байланыслы электр сымларының қызып кетиўи нәтийжесинде өртлердиң келип шығыўына себеп болады.

Усы сыяқлы айрықша жағдайлар ҳәм өртлердиң алдын алыў бойынша Қоңырат районы Айрықша жағдайлар бөлими тәрепинен турақлы түрде ушырасыўлар өткерилип, өртлердиң алдын алыў бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.

Әйне усындай ушырасыўлардың бири бүгин, Қоңырат районы Ишки ислер бөлиминде болып өтти. Оған Қоңырат районы Айрықша жағдайлар бөлиминен тийисли қәнигелер қатнасып, айрықша жағдайлардың келип шығыў себеплери ҳәм өртлердиң алдын алыў, электр үскенелеринее дурыс пайдаланыў сыяқлы мәселелер бойынша кең түрде түсиник берди.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Skip to content