Сессия мәжилисине район ҳәкими Б.Мадаминов, район ҳәкиминиң орынбасарлары, районлық сектор басшылары, мәкемелер ҳәм шөлкем басшылары, пуқаралар жыйыны баслықлары, районлық Кеңес депутатлары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессияны район ҳәкими Б.Мадаминов ашты ҳәм басқарып барды.
Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Сессияның күн тәртибиндеги көрип шығылған мәселелер бойынша районлық Кеңес депутатлары тәрепинен тийисли қарарлар қабыл етилди.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети