«14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни» ҳәм Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 31 жыллығы мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти

Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгенлигиниң 31 жыллығы ҳәм “14-январь ўатан қорғаўшылары күни” мүнәсибети менен  Қоңырат районы “Қырыққыз” ППЖ аймағында жайласқан 99574-әскерий бөлимде  байрам салтанаты болып өтти.

Илажға район ҳәкиминиң орынбасары А.Мамутов, әскерий бөлим жеке қурамы ҳәм әскерий хызметшилердиң шаңарақ ағзалары, сондай-ақ мәкеме-шөлкемлер басшылары қатнасты.

Илажда Коңырат районы ҳәкими орынбасары А.Мамутов сөзге шықты ҳәм ана ўатанды қорғаўдай  муқәддес кәсипке өз өмирин бағышлаған бәрше офицер, сержант ҳәм әскерлерге миннетдаршылық билдирди.

Сондай-ақ, әскерий миннетин шын кеўилден орынлап, жоқары нәтийжелер көрсеткен бир қатар әскерий хызметшилер ҳүрмет жарлығы ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Байрам иләжи Қарақалпақ эстрада жулдызлары тәрепинен таярланған концерт бағдарламалары менен даўам етти

 

Skip to content