Пенсия қорының пуқараларға  мүрәжаты

Өзбекстан Республикасы Гидрометеорология хызмети орайының мағлыўматына көре, республика бойынша аномал суўық ҳаўа-райы болыўы күтилмекте. Сол себепли, Пенсия қоры кексе ҳәм үлкен жастағы пуқараларды аномал суўық ҳаўа-райы шәраятында үйде қалыўын сорайды.

Ҳүрметли пуқаралар ! Ҳаўа-райы жақсыланғаннан соң пенсия тайынлаў ушын мүрәжат етиўди сорап қаламыз. Бунда, кеш мүрәжат етиў Сизиң пенсияға болған ҳуқуқыңызға тәсир етпейди, яғный пенсиялар пенсия жасына жеткен сәнеден тайынлап бериледи.

Бала туўылғанда берилетуғын бир мәртелик сүйинши напақасы ҳәм пуқараның қайтыс болғаны мүнәсибети менен берилетуғын жерлеў напақасын тайынлаў ушын Пенсия қорына мүрәжат етпестен, Халық банктиң қәлеген филиалына барып, напақа пулын алыўыңыз мүмкин екенлигин еслетип өтемиз.

Кем тәмийинленген шаңарақларға балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем тайынланғанлығы яки бийкар етилгенлиги себеплери туўрысында пуқаралардың телефон номерлерине СМС хабар жибериледи. Сондай-ақ, пуқаралар напақалар бийкар етилиўи себеплери туўрысында толық мағлыўматлар алыўы ушын мағлыўматлар пуқаралар жыйынларына жеткериледи. Бунда, пуқаралар бул мағлыўматларды Пенсия қорына келместен макан пуқаралар жыйынларына яки Пенсия қорының 1140 Исеним телефонына мүрәжат етиў арқалы алыўы мүмкин.

Бюджедтен тысқары пенсия қоры Қоңырат районы бөлими

Skip to content