Қоңырат районы “Елабад” ППЖ пуқаралары менен хәм сол аймақтағы 52-санлы мектеп оқытыўшылары арасында «Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық» сүрени тийкарында ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўға Дин ислери бойынша бас қǝнийге Ю.Қалекеев. “Хәким Сулайман” мешит имамы Р.Умаров хәм ИИБ ТҚГТ аға оператив уәкили майор Ж.Плымбетовлар қатнасты.
Ушырасыўда сөзге шыққанлар миллийлигимизге кери тәсири болған түрли қǝўиплер, ислам дининиң тийкарғы мǝниси жақсылық, тынышлық ҳǝм инсаныйлық дини екенлиги, жǝмийетте миллетлерара татыўлық, ѳз-ара ҳүрмет, меҳир-мириўбет, тынышлық ҳǝм татыўлықты беккемлеў, социаллық-руўхый орталықты тǝмийинлеў, миссионерлик ҳǝрекетлерден сергек болыў, ҳаял-қызлар ҳǝм жаслардың кийиниў ҳǝм сөйлеў мǝдениятын асырыў бойынша кең түрде түсиник берди.