Ҳүрметли районымыз турғынлары!
2023-жыл 11-январь күни саат 09:30дан Қоңырат районы Алтынкөл посёлкасын тәбийий газ бенен тәмийинлеўши Д-325мм орта басым газ тармағында авариялық жағдайлар болыўына байланыслы төмендеги аймақларды газ бенен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылды:
1.Алмазар МПЖ
2.Бостан МПЖ
3.Туран МПЖ
4.Түркистан МПЖ
5.Мыңжарған МПЖ
6.Таллық МПЖ
7.Қаңлы АПЖ
Ҳәзирги ўақытта авариялық жағдайды сапластырыў илажлары көрилмекте. Авариялық жағдай толық сапластырылғаннан соң жоқарыдағы аймақлар газге қайта жалғанады.
Ҳүрметли пуқаралар газ тармақларында үзилис болған ўақытта қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиўиңизди сораймыз.