Қоңырат районы Айрықша жағдайлар бөлиминде “Коррупцияға қарсы гүресиў айлығы” мүнәсибети менен турақлы түрде ҳуқықый саўатханлық саатлары шөлкемлестирилмекте.
Бүгин, усы мүнәсибет пенен “Коррупция раўажланыўға тосық” атамасында ушырасыў болып өтти. Оған Қоңырат районы Әдиллик бөлими баслығы Ж.Мәмбедуллаев ҳәм Қоңырат районы Айрықша жағдайлар бөлими жеке қурамы қатнасты. Ушырасыўда Мәмлекетимизде коррупцияның алдын алыў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалар, нызамашылықтағы өзгерислер ҳәм коррупция менен байланыслы жынаятлардың келип шығыў себеплери бойынша кең түрде түсиниклер берилди.