Президентимиз Шавкат Миромонович Мирзиёевтиң тиккелей басламалары менен барлық тараўлар сыяқлы, суд-ҳуқық тараўында да избе-излик пенен реформалар әмелге асырылып келинбекте

Атап айтқанда, 2022-2026-жылларға мөлшерленген  Жаӊа  Өзбекстанныӊ раўажландырыў  стратегиясының екинши жөнелисинде нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм суд-ҳуқық системасын және де реформалаўға қаратылған суд ҳәкимиятының шын мәнидеги бийғәрезлигин ҳәм де пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин беккемлеў, ҳәкимшилик, жынаят, пуқаралық ҳәм хожалық нызамшылығын, жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў системасы нәтийжелилигин асырыў, суд процесси даўамында тартысыў принципин толық қәлиплестириў, юридикалық жәрдем ҳәм ҳуқықый хызметлер сыпатын түптен жақсылаў нәзерде тутылған.

Әдил судлаўды әмелге асырыў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў барысында Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды тәрепинен 2022-жылдың 10 айы даўамында Нөкис районлар арылық ҳәкимшилик суды тәрепинен жәми 645 ғалабалық-ҳуқықый мүнәсибетлерден келип шығатуғын ислер көрип тамамланған. Соннан, 2022-жылдың 10 айында 378 ис бойынша арза бериўшилердиң мүрәжәәтлери қанаатлантырылып, 229 ис бойынша судқа мүрәжәәт етиўшилердың арзалары қанаатлантырылмастан қалдырылған. Сондай-ақ, 2022-жылдың 10 айы даўамында 5 ис бойынша даўалар көрилместен қалдырылған болса, жәми 7 ис өндиристен қысқартылған.

Буннан тысқары, 2022-жылдың 10 айы даўамында белгили жасаў орнына ийе болмаған шахсты реабилитация орайына жайластырыў бойынша жәми 109 усыныслар көрилген.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды ҳәм Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды тәрепинен 2022-жылдың 10 айы даўамында ғалабалық-ҳуқықый мүнәсибетлерден келип шығатуғын даўалар бойынша ҳәким қарарын ҳақыйқый емес деп табыў менен байланыслы жәми 101 ис көрип тамамланған.

Көрип тамамланған ислерден 21 ис бойынша пуқаралардың мүрәжәәтлери қанаатлантырылып, бузылған ҳуқықлары тикленди.

72 ис бойынша усынылған талаплар тийкарсыз болғанлығы себепли арзалар қанаатлантырылмастан қалдырылды.

7 ис өндиристен қысқартылған.

1 ис бойынша даўалар көрилместен қалдырылған.

Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды тәрепинен 2022-жылдың 10 айы даўамында ғалабалық-ҳуқықый мүнәсибетлерден келип шығатуғын даўалар бойынша ҳәкимияттың лаўазымлы шахсларының ҳәрекетлерин (ҳәрекетсизлигин) нызамға муўапық емес деп табыў менен байланыслы жәми 19 ис көрип тамамланған.

Көрип тамамланған ислерден 3 ис бойынша пуқаралардың мүрәжәәтлери қанаатлантырылып, бузылған ҳуқықлары тикленди.

12 ис бойынша усынылған талаплар тийкарсыз болғанлығы себепли арзалар қанаатлантырылмастан қалдырылды.

3 ис өндиристен қысқартылған.

1 ис бойынша даўалар көрилместен қалдырылған.

Ғалабалық-ҳуқықый мүнәсибетлерден келип шығатуғын ислер бойынша анықланған нызам бузылыў жағдайлары бойынша жәми 353 айрықша уйғарыўлар шығарылып, нәтийжеде 24 шахстың қарсысына интизамий жаза шарасы қолланылды.

 

А.Салиев

Нөкис районлар аралық

ҳәкимшилик судының судьясы

Skip to content