Өзбекистан Республикасы Президенти тəрепинен 2020-жыл 3-августта «Өзбекстан Республикасының миллий статистика системасын жəнеде жетилистириў ҳəмде раўажландырыў илəжлары ҳаққында»ғы ПҚ-4796 санлы қарары қабылланып, оған муўапық статистика органлары талап жоқары болған сапалы ҳəм исенимли мағлыўматларды қəлиплестириўге, статистикалық мағлыўматлардың ашықлығы ҳəм əшкаралығын тəмийнлеўге қаратылған профессионал, ғəрезсиз хызметке айландырыў белгилеп қойылған.
Мəмлекетимизде экономикамыздың негизги көрсеткишлеринен болған киши бизнес ҳəм жеке исбилерменликти раўажландырыў, пуқараларды исбилерменликке кеңнен тартыў, олар ушын шараятлар жаратыў, микрофирма ҳəм киши карханаларда бəнтлиги тəмийнленбеген жасларды жумыс пенен тамийнлеў бойынша районымызда кең көлемли жумыслар алып барылмақта.
Конырат районы бойынша 2022-жылдың 1-октябрь ҳалатына районымыз аймағында 2209 хожалық жүритиўиши субьектлер мəмлекетлик дизимге алынған болып, соннан киши бизнес субьектлери 1334 ни қурайды. Дизимге алынған хожалық жүритиўиши субьектлер ҳəрекет етип турғаны 1932 субъект болып, соннан 1283 киши бизнес субъектлери. Жыл басынан жаңадан 228 кәрхана ашылып бүгинги күнде өз жумысларын жолға қойып өз хызметлерин халқымызға усынбақта. 2022-жылдың 1-октябрь халатына район аймағында ҳәрекет етип турған 227 санаат кәрханалары тәрепинен 622,1 млрд. сум санаат өнимлерини ислеп шығарған болып 101,8 пайызды қурады. Сыртқы саўда айланбасы 2022-жыл 1-октябрь жағдайына 6,8 млн. АҚШ долларын қураған, усақлап сатыў товар айланбасы 500,1 млрд. сум болып, ҳәмде хызметлер тараўы бойынша 1114,4 млрд сум болып 141,3 пайызды қурады ҳәм ɵсим пәти тәмийнленди.
Қоңырат районы статистика бөлими