Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев Қоңырат районында мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм берилген тапсырмаларды қадағалап барыў ушын Жоқарғы Кеңес Баслығының кеңесгөйи Б.Ажиниязовты районға жуўапкер етип бекиткен еди.
Усы мүнәсибет пенен Б.Ажиниязов районда болып, әмелге асырылып атырған жойбарлар ҳәм Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен белгилеп берилген тапсырмалардың орынланыў процессин үйренди.
Район ҳәкимлигиниң мәжлислер залында Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен белгилеп берилген тапсырмалардың орынланыў барысына бағышланған жыйналыс болып өтти. Жыйналыста район аймағында әмелге асырылып атырған қурылыс жумыслары додаланды. Соның менен бирге, қурылыс жумысларын өз ўақтында ҳәм сапалы жуўмақлаў бойынша тараў қәнигелерине анық тапсырмалар берилди.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети