Бүгин, Қарақалпақстан Республикасыи Жоқарғы Кеңеси Баслығының кеңесгөйи Б.Ажиниязов Қоңырат районында болып, районда әмелге асырылып атырған қурылыс жумыслары менен танысты.
Атап айтқанда, “Сүўенли” АПЖ да жаңадан бой тиклеп атырған 90 орынға мөлшерленген МШБШде әмелге асырылып атырған қурылыс жумысларын үйренди.
Үйрениўлер даўамында анықланған кемшиликлерди сапластырыў, соның менен бирге қурылыс жумысларын тез арада ҳәм сапалы жуўмақлаў бойынша тараў қәнигелерине анық тапсырмалар берди.