Қоңырат районы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап қуўатлаў бөлиминиң мәжлислер залында мәҳәллелердеги ҳаял-қызлар белсендилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелерине бағышланған семинар болып өтти.Семинарды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы М.Ахмедова ашты ҳәм басқарып барды.
Семинарға район ҳәкиминиң орынбасары У.Тилеўмуратова ҳәм мәҳәллелердеги ҳаял-қызлар белсендилери қатнасты. Семинар даўамында ҳаял-қызлар белсендилери тәрепинен мәҳәллелерде әмелге асырылып атырған жумыслар кең түрде додаланып, алдағы ўазыйпалар белгиленип алынды.