Излеген имкан табар…

Районымыздың “Қоңырат” АПЖ аймағында жасаўшы С.Ешмуратова жақын жылларға жекем қоңсы мәмлекетлерге барып “Қол ушы талап” ислеп жүрген еди.

Карантин дәўиринде қоңсы еллерге шығыў имкәнияты болмай, дийханшылық пенен шуғылланды ҳәм жер менен тиллесип, дийханшылық сырларын үйренди.

Үй алды қыйтақ жерине ҳәр қыйлы палыз егинлерин егип, дәрамат ала баслады. Буннан рухланған қаҳарманымыз быйыл аймақ ҳәким жәрдемшисиниң усынысы тийкарында жеңиллетилген кредит алып, “Ыссыхана”(Теплица) шөлкемлестирди. Онда қыяр, помидор сыяқлы палыз егинлерин жетилистирди. Ҳәзирге ҳаўа райының салқын күнлери де үй алды қыйтақ жеринен капуста, теплицасынан болса қыяр, помидор сыяқлы палыз егинлерди жетилистирип, халқымыз дәстурханына усынып келмекте.

Соның менен бирге, жеңиллетилген кредит есабынан кондитер өнимлерин таярлаўшы үскенелер алып, той-мерекелерге ҳәр қыйлы кондитер өнимлери ушын буйыртпалар қабылламақта.

“Излеген имкан табар”,-дегениндей, қаҳарманымыз, өзи ҳәм шаңарақ ағзаларының бәнтлигин тәмийинлеў менен бирге, турақлы дәрамат дерегине де ийе болды.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Skip to content