Бүгин Абу Али ибн Сино атындағы жәмийет саламатлығы техникумы, 1-сектор штабында Қоңырат районы ҳәкими,1-сектор баслығы Б.Мадаминовтың нәўбеттеги қабыллаўы болып өтти. Қабыллаўға район ҳәкиминиң орынбасарлары ҳәм район аймағындағы мәкеме-шөлкем басшылары қатнасты.
Қабыллаў даўамында пуқаралардың түрли турмыслық мәселелерге байланыслы болған бир қатар мүрәжатлары қабыл етилип, пикир-усыныслары тыңланды.
Айырым мүрәжатлар сол орынның өзинде унамлы шешилген болса, шешилиўи ушын ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар бойынша район ҳәкими тийисли тараў қәнигелерине анық тапсырмалар берди ҳәм мүрәжатлардың үйренилиў процесси район ҳәкиминиң қадағалаўында болатуғынлығын атап өтти.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети