Кәсиплик аўқамы байрамы мүнәсибети менен Қоңырат Сода заводы ЖШЖ кәрханасында байрам кешеси шөлкемлестирилди. Оған заводтың 2022-жыл даўамында жумыста айрықша белсендилик көрсеткен ҳәм пидайы хызметкерлерге,
сондай ақ кәрхана атынан шөлкемлестиилген таңлаў ҳәм жарысларда сыйлы орынларды ийелеген қатнасыўшыларға хүрмет жарлық ҳәм қымбат баҳалы саўғалар берилди. Байрамға Өзбекстан Экологиялық партиясының Қарақалпақстан Республикасы партия атқарыў кеңеси баслығы А.Бегимовада қатнасып бәршени байрам менен қутлықлап, партияның бугинги мақсет уазыйпалары,
сондай ақ ҳәзир ең әхмийетли мәселе болып турған жасыл мәкан акциясының әхмийети ҳаққында да түсиник берди. Байрам даўамында районлық мәденият хызметкерлери тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилди.