Хәзирги ўақытта шаңарақлардың жыл сайын ажырасыўлары көбейип барыўы мусылманшылығымызды да қәўип астына қоймақта. Мусылман болып туўылып, оған әмел етпеў елге үлкен апат келтириўи мүмкин емес пе?…
Шаңарақ деген миллий қәдирият сыпатында тән алыныўы тосыннан емес. Оның шайқалмаўы ушын шаңарақ қурған еки инсанда бирдей жуўапкер. Олар бир бирин жақсы түсиниспеди яки қандайдур кемшиликлерин билмеген қусаған себеплер шаңарақтың бузылыўына ҳеш қандай себеп бола алмайды. Ҳәр бир инсан әсиресе ер адам қайсыдур қызға үйленген екен жуўапкершиликти толық өз мойнына алыўы ҳақыйқый азамат жигит екенлигинен дерек береди. Себеби қыз баланың өмири пүткил ҳалықтың ар намысы саналады. Оған ҳүрметсизлик көз қарасы пүткил әўладқа шек келтиреди. Турмыс қурған ҳәр бир ҳаялдың қыялында шаңарақтың мәңги ҳәм ҳеш қандай күш оның бузылыўына себеп болмайтуғынлығын тереңнен аңлаўы шәрт. Бул ҳәр бир қыз бала өсирип атырған ананың, қайнатаның ҳәм қәйин енениң, әсиресе ар намысын ортаға койып узатқан әкениң ишки дебдиўлери. Ал шаңарақты бузыўшы себепши болыў, оған тийкарсыз араласыў жүдә бир аўыр гүналардың бири екенлигин ҳәр биримиз саналы ойлаўымыз керек. Барлығымыздың өмиримизде ушырап атырған бундай келиспеўшиликлер – көпшилик шаңарақлардың бузылыўына яки урыс жәнжелине себеп болмақта. Шаңарақтағы келисим ҳәм түсинисиў деген ҳар еки адамнан бир бирине болған ҳүрметтен басланады. Егер ҳаял ериниң ҳүрметин барлық нәрседен үстин қоя алса келисиўдиң жолын таба алады. Ал ер адамнан талап етилетуғын тийкарғы нәрсе бул сол хаялдың алдында жуўапкершилиги. Егер ҳәр екеўинде усындай әмеллерге бойсынып ҳәрекет етсе түснисиў аңсат болады. Буның ушын ерли-зайыплы шаңарақ ушын нийет етилген өз мақсетлери ҳаққында тез-тезден сәўбетлесиўи ҳам перзентлериниң ертеңги келешеги ҳаққында пикирлер алмасыўы лазым. Әлбетте бул олардың еледе жақын болыўына, мүнәсибетлердиң еледе беккем болыўына себеп болады. Ҳүрметли ер адамларға айтарым өз шаңарағыңызға еледе жуўапкершиликли болып, буны жақынларыңызға меҳир итибарыңызды билдирип турсаңыз – буны әлбетте олар сезинеди. Ал хаял адамлар болса ҳеш қашан өзиңизге болған ҳүрмет иззетти жоғалтатуғын ҳәрекетлер сизиң өмириңизге үлкен жоғалтыўлар алып келеди. Ҳаял адамға бийкарға сумлық ҳам мәккарлық қәсийетлери берилмеген. Буны ақыллылық пенен пайдалана билсе ҳеш қандай шаңарақларда жәнжеллер болмайды. Келешек перзентлериниң тәрбиясы да қәўип астында қалмас еди деп ойлайман. Бүгинги күнге шекем жетип келген екенбиз, демек еледе саналы ойлаўға, дурыс пикирлеўге, өткен исти кешириўди ҳәм умытыўды талап етип турғандай… Америкалы философ ҳәм психолог Уильям Джеймс «Болып кеткен ҳәр нәрсени қабыл етиўге таяр турыў ҳәм көнлигиў, алдағы қәдемиңди басыўың менен тең» дейди. Ал мусылманларға болса кеширимли болыў жүдә жарасатуғын әмеллерден болып келген екен, ҳәр нәрсени жаңадан баслаўға ҳәмде өзгеше көз қарасты раўажландырыўға шақырған болар едим.
Ю. Қалекеев
Дин ислери бойынша комитетиниӊ
Қоңырат районлық бас қәнигеси