Жасыл мәкан
Усы жылдың 20-октябрь сәнесинен 1-декабрь сәнеси аралығында Жасыл мәкан жойбары шеңберинде «Әҳмийетли 40 күнлик» акциясы жәрияланды.
Районымыздың ҳәр бир мәҳәллесинде даўам етип атырған “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде район сектор басшылары ҳәм абаданластырыў басқармасы тәрепинен “Сүўенли” АПЖда бағ жаратылды.
Бул бағқа сектор басшылары ҳәм районлық абаданластырыў хызметкерлери тәрепинен ерте таңнан ҳәр турли декаратив ҳәм мийўели терек нәллери егилди.
Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети