Медиа тур
Ғәрезсизлигимиздиң 31 жыллық мүнәсибети менен Қоңырат районы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў бөлими ҳәм райондағы пуқаралар жыйынлары басшылары қатнасында Мойнақ районындағы тарийхый орынларға медиа тур шөлкемлестирди.
Медиа тур даўамында Мойнақ районы Экология музейи ҳәм Ҳәким ата Сулайман Бақырғаний зиярат орынларында болып, миллий қәдириятларымыз бенен жақыннан танысты.