Бүгин Қоңырат районы ҳәкимлигинде “Жаслар дәптери-Имкәният ҳәм нәтийже” атамасында ашық сәўбет болып өтти. Оған Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети баслығы З.Абдуллаева, Қоңырат районы ҳәкиминиң руўхый-ағартыўшылық жумыслары нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик тили ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиӯин тәмийинлеӯ мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Р.Айбергенова, мәҳәллелердеги жаслар жетекшилери ҳәм “Жаслар дәптери” дизиминдеги белсенди жаслар қатнасты.
Ашық сәўбет барысында “Жаслар дәптери”не кириў критериялары, оларға берилетуғын имтиязлар ҳәм жаратылған имкәниятлар ҳаққында атап өтилди. Жасларға берилген имкәниятлардан пайдаланып өз жумысын жолға қойған жаслар берилген имкәниятлардан қандай тәртипте пайдаланғанлығы ҳәм алдағы режелери ҳаққында атап өтти.
Соның менен бирге Қоңырат районы ҳәкиминиң руўхый-ағартыўшылық жумыслары нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик тили ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиӯин тәмийинлеӯ мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Р.Айбнргенова мәмлекетлик тилде ис жүритиў қәделери ҳәм латын графикасы ҳаққында мағлыўматлар берилди.