Сертификатлар тапсырылды


Кейинги жыллары мәмлекетимизде ҳаял-қызларды системалы рәўиште қоллап-қуўатлаў, олардың белсендилигин асырыў ҳәм гендер теңлигин тәмийинлеў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Усы бағдарда ҳаял-қызлардың белгили бир кәсип-өнерди ийелеўи ушын арнаўлы курслар шөлкемлестирилип, турақлы түрде бәнтлиги тәмийинленип келинбекте.

Усы мақсетте Нөкис қаласында үш күнлик оқыў семинары шөлкемлестирилди. Оқыў семинарын 92 ҳаял-қыз табыслы питкерип, оларға арнаўлы сертификатлар тапсырылды.

Оқыў семинарын табыслы питкерген ҳаял-қызларға районлық мәденият сарайында сертификатлар салтанатлы түрде тапсырылды. Оған Район ҳәкиминиң орынбасары У.Тилеумуратова қатнасты.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Skip to content