Мийнет ветеранлары ҳәм нураныйлар ҳалынан хабар алынды

Ғәрезсизлигимиз 31 жыллығы байрамы мүнәсибети менен район ҳәкими Б.Мадаминов, Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкиминиң мәсләҳәтшиси Д.Аллаевлар, сектор басшылары менен биргеликте екинши жәҳән урысында фронт артында мийнет еткен ветеранлар ҳәм нураныйлардың ҳалынан хабар алып, оларға байрам саўғаларын тапсырды. Жасы үлкен аталарымыз ҳәм нураный аналарымыз көрсетилген бундай итибардан қуўанышқа бөленип, бәршени бүгингидей тыныш ҳәм пәраўан турмыстың қәдирине жетиўге шақырды.

Әлбетте, бүгингидей бахытлы турмысымыздың түп негизинде бул теберик инсанлардың машақатлы мийнетлери ҳәм мәртлик ислери жатыр.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Skip to content